Bintu Amangeldi Profile Picture
UMMA TOKEN INVESTOR

Translation is not possible.

#Тақўа

Абдуллаҳ ибн Мүбәрек (разыяллаҳу анҳу) :

"Мен тақўалы емеспен, бирақ тақўалыларды жақсы көремен. Мен гүнәҳкәрларды жаман көремен, бирақ мен олардан да жаманман "

Send as a message
Share on my page
Share in the group
Translation is not possible.

Бала анасынан сорады;

" Егер барлық нәрсе әллеқашан жазылған болса, неге мен буны қәлеўим, сораўым керек? "

Ана жуўап берди:

" Бәлким, базы бетлерде Аллаҳ Таала : "Өзиң қәлегениңше", деген шығар. Аллаҳ билгиўши."

Send as a message
Share on my page
Share in the group
Translation is not possible.

Бир күни Пайғамбарымыз Саллаллаҳу Аълайҳи Ўа Сәллам Айша разыяллаҳу анҳа анамыздың жылап отырғанын көреди. Айша разыяллаҳу анҳа анамыздан “ Ей, Айша неге жылап отырсаң?” деп сорайды. Сонда Айша разыяллаҳу анҳа анамыз отты (дозақты) еске алып жылап отырман дейди. Сол ўақыт Айша разыяллаҳу анҳа анамыз Пайғамбарымыз Саллаллаҳу Аълайҳи Ўа Сәлламнан сорайды : “ Я, Аллаҳтың Расулы қиямет күни сиз шаңарағыңызды еске аласыз ба? Излейсиз бе? ” дейди. Сонда Пайғамбарымыз Саллаллаҳу Аълайҳи Ўа Сәллам : “ 3 жер болады. Ҳешким ҳешкимди еслемейди, излемейди” деп жуўап береди.

Қиямет күни 3 жерде

1. Ҳәрким өз әмел китабын ( оң, яки шеп тәрепинен) алатуғын ўақытта ҳешким ҳешкимди излемейди.

2. Адамлардың әмели тәрезиге тартылғанында.

3. Сирәт көпири дозақтың үстине қурылып, бенде өтип алғанға дейин.

Усы үш жағдайда ҳәмме тек өзин ойлаў менен болады.

Бәршемиз Пайғамбарымыз Саллаллаҳу Аълайҳи Ўа Сәллам Айша разыяллаҳу анҳа анамызды қатты жақсы көргенин билемиз. Тири ўақытында Жәннет пенен суйиншиленген ҳаяллардан. Сүйикли досты Әбиў Бәкирдиң қызы.

Егер Пайғамбардың Өзи сүйикли ҳаялына усы ўақытта жәрдем бере алмайтуғынын айтса, бизиң жағдайымыз не болатуғыны Аллаҳқа аян.

Бул фаний дүнияда әмеллерге келгенде түрли сылтаўларды айтамыз, нәпсимиздиң тәрезисине тартамызда өзимизге жеңилин алып, қалғанын таслаймыз. Сондай ўақытта Қияметтеги жағдайымызды бир еске алайық..

Send as a message
Share on my page
Share in the group
Translation is not possible.

Илим - мағлыўматларды тасыў ҳәм тәкирарлаў емес, мәнислерин аңлаўдыр.

(с) Ҳусайн Бухорий

Send as a message
Share on my page
Share in the group
Translation is not possible.

Қәлесең де, қәлемесең де сенде жазылып атырған китап бар екенин ядыңнан шығарма!

Send as a message
Share on my page
Share in the group